Мақтымқулы
Косықлар
"Қарақалпақстан" – 1984
С (Түрк) МАҚТЫМҚУЛЫ. Қосықлар.
М—29 Нөкис "Қарақалпақстан".1984. 176 бет.
А ў д а р ғ а н л а р : Ибрайым ЮСУПОВ,
Узақбай ПИРЖАНОВ.
М
4702540100 − 047
М 357 (04) − 84 40 − 84
©Туркменистан довлет неширияты, Ашгабат 1958
©"Қарақалпақстан" Нөкис 1984
ШАЙЫРЛАР ДАНЫШПАНЫ МАҚТЫМҚУЛЫ
Мақтымқулыны оқығанда,
Айтар едим ҳәр заманда:
Кемис бар ма, беглер, анда?
Сөзин таўап қылар едим.
Б е р д а қ.
Мақтымқулы халық арасында "дүньяның бар илимин симирип,
китап қоймай оқыған кәрәматлы ўәлий деп саналады".
Г. В а м б е р и (1874 ж.)
Туўысқан түркмен халқының уллы гуманист шайыры
Мақтымқулының туўылғанына 250 жыл толады. Усы сәнени
дүньялық аўқамда белгилеўге ЮНЕСКО қарар етти. Бул қарар
данышпан шайырдың шығармалары пүткил адамзат жәмийети
ушын әқмийетли мәниге ййе екенлигин бизиң дәўиримиздиң
мойынлаўынан дәлалат береди. Бул, соның менен бирге, Советлер
Союзының уллы семьясына кирген, илгериде артта қалып, сыртқа
кең танылыў мүмкиншилиги болмаған халықлардың социалистлик
миллий мәденияты барынша гүлленип, олардың даналық көркем
мийраслары дүньяжүзилик мәденият ғазийнесинен өзиниң
ылайықлы орнын алып атырғанына айқын мысал болады.
Мақтымқулы жасаған дәўир Туркменстанда пат риархал
қатнасықлардың қалдығын өз бойында сақлаған феодаллық
жәмийет болып, ханлар, сәрдар-лар, байлар ҳәм дин ийелери
халықты рейимсиз езиўшиликке сазыўар еткен заман еди.
Экономикалық жақтан қалақлық және урыў тартыслары
түркменлердиң аўызбирлигине ҳәм миллий татыўлықта жасаўына
мүм-киншилик бермеди, урыў тайыпалар арасында аўызалалықты
қоздырды. Туркменстанның мийнеткешлери еки зулымның: бир
тәрептен өзиңдеги хан беглердиң яғный ири жер мүлик
ийелериниң, екинши тәрептен Иран шаҳларының, Хийўа
ханларының, Бухара әмирлериниң басқыншылық жаўлап алыўлары
зулымында азап шекти.
Халықтың рәўият сөзлери ҳәм бүгинге дейинги изертлеў
жумысларының жуўмағында шайырдың өмир тарийхы жөнинде
мынадай мағлыўмат жүзеге келеди: Мақтымқулы (Пырағый) XVIII
әсирдиң отызыншы жыллары Туркменстанның батыс жағындағы
Әтирек, Гүрген дәрьяларының жағалаўында Ғарры қала деген хош
тәбиятлы жерде дүньяға келип, көклен тайыпасының геркез
тийресинен болған. Әкеси Дәўлетмәмед Азадий деген киси де
заманының озық ойлы шайыры, философы, жәмийетлик
ғайраткери болған адам. Өз дәўириниң жәмийетлик, мәмлекетлик,
моральлик мәселелерин сөз еткен оның "Ўағзий Азад" атлы
талқыйын китабы ески түркмен жәмийетинде әҳмийетли мәниге
ийе болған.
Мақтымқулының адамгершилик пазыйлетлерине, билимли
болыўына шайырлығына әкеси қатты тәсир жасаған. Болажақ
шайыр бала ўақтында үй машқаласына араласып, мийнет сүйгиш,
әдеп-икрамлы болып өседи, жонатерлик тигиў, жүўен, қамшы
соғыў, зергерлик усаған өнерлерди ийелейди.
Жигит шағында Мақтымқулы дәслеп Керкиде, соң Хийўадағы
Шерғазы, Бухарадағы Көкелдаш медиреселеринде оқыған. Өзиниң
сүйген қызы Меңли сулыўды атасы буған бермей, малға сатып
жибергеннен кейин, Мақтымқулы жүрип-жүрип Аққыз деген жесир
келиншекке үйленеди ҳәм оннан Ибрайым, Сары деген еки балалы
болады. Бирақ бул балларының жаслай қаза болыўы шайырдың
өмиринде, творчествосында жазылмас жара болып из қалдырған
еди.
Түркмен тайыпалары ортасындағы тынымсыз аўызалалық, урыў
тартыслары, дин ийелериниң қуўдалаўлары, Иран шаҳларының
топылыслары елим деп қабырғасы қайысқан ойшыл шайырға
заман қысметлериниң аўыр жүгин артты. Мақтымқулы елдеги
урыўлық тартысларға тыйым салып, түркменлердиң миллий
мәмлекетлик бирлигин болдырыў ушын аянбай гүрести:
Аўыз бирлик әйлеп, қосса басларын,
Көширмеге бардур таўдың тасларын,
Бир супрада таярланса ас-наны,
Көтерилер ығбал—бағы туркменниң.
Бирақ уллы шайырдың бул айтқанлары болмады. Ол Орта Азия,
Иран, Афғанстан, Кавказ еллерин аралап, көп еллердиң халқы,
жәмийетлик турмысы менен жақыннан танысып, ҳәмме
халықларға деген қызғын сүйиўшиликке толы өлмес қосықларын
дөретти. Шайырдың әжайып мәнили қосықлары да, өзи де тири
ўақтында ақ кең халық көпшилиги арасында қатты абырайлы
болған, оған журт сыйынған, беглер жүгинген, дин ийелериниң
жаўызлық қызғанышын туўдырған.
Мақтымқулы 1790-жыллар шамасында дүньядан өтеди. Уллы
шайырды оның өз әкеси Азадийдиң қасына жерлеген. (Бул
қойымшылық ҳәзир бизиң Иран менен шегарадан қашық емес арқа
Хорасандағы Ақтоғай деген жерде болып, шайыр мазарын ол
жердеги журтшылық ҳәзир де ҳүрмет пенен зыяратласады).
* * *
Мақтымқулы түркмен халқының терең миллий шайыры болыў
менен бирге, узақ дәўирлерден берли әсиресе Хорезм ойпатында
жасаўшы өзбек, қарақалпақ арасында да кең белгили, сүйикли дана
сөз шебери, "өз шайыры" болып танылған. Оның қосықларын
әзербайжан бақсылары да ертеден биледи. Шайырлық өнер
тарийхында
бул
күтә
сийрек
ушырасатуғын
бахытқа
Мақтымқулының миясар болғанында үлкен тийкарлар бар.
Солардан ең баслы еки тийкарды айырықша атап өтпек лазым.
Бириншиден, уллы шайырдың гуманистлик идеялары, оның
философиялық пикирлериндеги үлкен социаллық, мораллик
мәнилер, заман пәсентлигине болған наразылық тек ғана түркмен
орталығы ушын емес, бәлки әтираптағы усас социаллық шараятта
жасайтуғын халық ҳәм миллетлердеги көпшилик жәмийет ушын да
жанға жақын, терең түсиникли, олардың жүрек сезимин, ой-
пикирин, әрманларын дәл және жоқары образлы сөз бенен
сүўретлейтуғын еди. Шайырлықтағы усы пазыйлет қашан да болса
көркем сөз ийелерин улыўма адамгершиликтиң Мақтымқулы
айтқан "улуғ жәмаатына" кириўге миясар ететуғынын жержүзилик
поэзияның мың жыллық тәжирийбеси тастыйықлайды.
Мақтымқулы поэзиясының оғада терең халықлығына, оның көп
ғана туўысқан халықлар жүрегине заманлар бойы "шеп
баспайтуғын соқпақ" таўып барыўына тийкар салған және бир
үлкен өзгешелик: уллы түркмен шайыры әтираптағы түркий
тиллес халықлардың кең массасына терең түсиникли, бәрине ортақ
қосық формасын теңи-тайы жоқ шеберликте қолланып, ислете
билген, оны философиялық лирикада боз думанлы бийикликке
көтерген шайыр болды. Халыққа қалыўсыз уғымлы, жайдары,
инсанның ең муқаддес жүрек сезимлерин, ой пикирин, арзыў—
әрманларын бәлент лапзыда жырлаўға бейим, гүмбирлеген жүрек
сезиминиң намасы арқалы дөрелип тилге келетуғын бул әжайып
сулыў форманы түркменлер "ғошқы", өзбеклер "қушиқ",
әзербайжан "ғошма", ал қарақалпкқлар "қосық" деп атайды. Лекин,
ол ҳәр халықта ҳәр түрли аталғаны менен оның сүўретлеў тәбияты,
қурылысы, өлшеми, ырғағы ҳәммесинде бирдей. (Жазба поэзия
теориясында оны "мурабба" деп атасады).
Мине усындай түпкиликли себеплерден де уллы түркмен
шайыры хорезмли өзбеклер ҳәм қарақалпақлар арасында ертеден
кең танылып, қатты абырайға ийе болған. Қарақалпақ халқы оны
өзиниң миллий шайыры сыпатында қабыл еткен, шайырлық
даналықтың үлгиси деп таныған, Бердақ, Кунхожа, Әжинияз оны
рухый устаз санаған. Аяпберген, Сейфулғабит Мәжитов, Аббаз,
Садық шайырлар бул үлгиден шебер пайдаланған.
Мақтымқулының
қарақалпақ
арасында
кең
танылып,
сиңисиўинде еки туўысқан халықтың бақсылық, сазенделик
мәдениятындағы оғада тәбийғый жақынлық, ортақ дәстүрлер де
үлкен көмегин тийгизген. Ол демек Ақамбет, Муўса, бери келе
Жапақ.
Ещан
сыяқлы
атақлы
қарақалпақ
бақсылары
Мақтымқулының қосықларын кутә йош пенен атқарған, Ҳәзирги
Генжебай, Әмет бақсы, Атажан Худайшукиров, Аңсатбай
Хайратдинов, Айымхан Шамуратова, Сулыўхан Мәмбетова,
Гулпаршын Сырымбетова, Арзыгул Атамуратова, Тамара Дошумова
сыяқлы көрнекли қосықшыларымыз да уллы шайырдың
қосықларын сүйип атқарады.
Булар
ҳаққында
биз
өз
билгенимизди
илгериде
"Қарақалпақстан—Мақтымқулының екинши шайырлық ўатаны",
"Дала Орфейи" деген мақалаларда ўақтында айтқан едик
1
. Сол
мақалаларда айтылған бир пикирди бул жерде қайталаўға туўра
келип тур: бул—айырым қарақалпақ классик шайырларының бираз
қосықларының Мақтымқулыға усаслығы ҳаққындағы мәселеге
тийисли. Бул усаслық ҳәм жақынлық эпигонлық еликлеўдиң
жемиси емес, бул ҳаслында өтмиштеги дәўирлердиң шайырлық
дәстүрлеринен жүзеге келген кубылыс. Өзинен алдынғы өнер
ийелериниң жолына шығарма дөретиў, сүўрет салыў, косық айтыў,
таяр үлгиге қалем сынаў бурынғыларда көп заманлардан
киятырған үрдис болған. Бул үрдис Күншығыста да, Күнбатыста да
искусство ҳәм әдебиятта кең орын алып келген. Мәселен, антик
дәўирдеги римли шайыр Горацийдиң "Ескерткиш" атлы
қосығының жолына Батыста мың жыллар даўамына түрли
шайырлар қалем сынаған, бул жолға М Ломоносов, Г. Державин, А.
Пушкиннен тартып В. Брюсовқа дейинги бираз рус шайырлары да
қосық жазған. Бирақ олардың бәриниң үлгиси гора-цийше болғаны
менен, ҳәр бири өзинше шығарма.еди..
Күншығыс классикасын қарасаныз да, "үлгисиз тон пишилмес"
дегендей, шайырларда, бақсыларда өзлеринен алдын өткен күшли
талант ийелериниң жолына өзиншелик шығармалар дөретиў узақ
дәўирлер даўамына дәстүр болып келген ҳәм бул дәстүр уллы
устазлар жолына, олардың өнегели үлгисине терең руҳый ҳүрмет
сыпатында каралған. Бир қанша өзбек, түркмен, әзербайжан,
қарақалпақ классик шайырларының базыбир қосықларының
1
Магтымгулы-Ашгабат-1960. 426-бет.
Әжинияз. Нөкис-1975 ж.
мәнилес, редифлес болып араласып жүргениниң бас себеби усы
дәстүрден ғарезли десе болады. Бир неше мысаллар: Әжинияздың
"Шықты жан", Молланепестиң "Әлемге гелгей, гелмегей" деген
мухаллеслериндеги формалық жақынлық, "Саидиң қоябер сайяд..."
мухаллеси-ниң Фурхат пенен Андалиптеги көринислери хәм тағы
басқалар. Усы тақилеттеги усаслықлар Мактымқулы менен
Әжинияздың топламларында да гезлеседи.
Әжинияз Мақтымқулыны өзине уллы руҳый үстаз билген, оның
шайырлық "академиясынан" тәлиймат алған, оның шығармаларын
шебер қарақалпақшалап, өз халқының көркем ой-санасына
синдирген. Соның менен бирге уллы түркмен шайырының жолына
ол өзиде қосықлар жазған. Мәселен, Мақтымқулының "болмаса"
редифли қосығының жолына Әжинияздың жазғанын қараң, буны
енди қалайынша еликлеў яки көширме дерсең:
Дүньяда Зийўардек дәртли киси жоқ,
Бийдәртлердиң аның билен иси жоқ.
Ялғаншыда зәрре көңил хошы жоқ,
Мәзи тықыр-тықыр тили болмаса.
* * *
Мақтымқулының қосықларын қарақалпақ арасынан жыйнаў еле
шынтлап қолға алынбағаны өкинишли. Бул ертерек иске
асырылғанда әжайып нәтийжелер берген болар еди (Өйткени
Мактымқулыны жақсы билетуғын бақсылардың, қыссаханлардың,
ески адамлардың көбиси ҳәзир жоқ). Излеў салынса бираз қол
жазбалар да табылыўы сөзсиз. Бул мәселеде Мақтымқулы
поэзиясының муқлис—ышқыпазларының бири сыпатында аз
бақлаўларымыздан бир-еки мысал келтирейик. Мақтымқулы
жөниндеги китапларда рус фольклоршы илимпазы И. Беляевтың
1904-жылы "Туркстан ведомости" газетасында шыққан "Қызықлы
қолжазба" деген кишкене мағлыўматы келтириледи. Онда
Мақтымқулының тек түркмен халқы ғана емес, бәлки "Арал теңизи
жағалаўларында жасағанлардың арасында, қарақалпақлардың
арасында да кеңнен белгили ҳәм әдиўли шайыр" екенлиги
айтылған. И. Беляев Петербург универгитетиниң студенти
ўақтында қарақалпақлар арасында болып, олардан бир қанша
дәстанларды жазып алғаны ҳәм баспада жариялағаны мәлим.
Соның менен бирге ол қарақалпақлардан Мақтымқулының
қосықларын да жазып алған, бирақ ол қол жазбаның табылмай
атырғаны да бираз илимпазларға мәлим еди. 1958-жылы
Ашхабатта профессор Г. О. Чарыевтиң ҳүзиринде болғанымда, ол да
"сол қызықлы қолжазба табылған жоқ" деди ҳәм Мақтымқулының
жаңа шыққан китабын берип, қарақалпақ арасынан шайырдың
қосықларын жыйнаўды өтиниш еткен еди. 1963-жылы
академиклер М. Нурмухамедов, Баймағамбет аға Қаррыевтың
болжаўы ҳәм силтеўи менен жүрип, сол қолжазбаны Ленинградтан
тапқан едим. Қолжазба топлам онша үлкен емес. И. Беляев
Мақтымқулының бул қосықларын 1903-жылы Қусхана таўының
етегинде отырған Қырқсадақ деген аўылдағы қарақалпақлардан
жазып алған екен. (Қолжазбаның фотокопиясы алдырылып, ӨзССР
Илимлер академиясы-ның Қарақалпақстан филиалының архивине
ҳәм Мақтымқулы атындағы илим— изертлеў институтына
жиберилди).
Уллы шайырдың мийрасы менен және бир қызықлы ушырасыў
ҳаққында: студент ўақтымызда бир жола Нажим аға Дәўқараевқа
бизиң аўылда үлкен қол жазба қосық антологиясы бар екенлиги,
оның ишинде қандай қыссалар ҳәм Мақтымқулының қосықлары
бар екенлигин айттым. Оны қалай болмасын алып, илим изертлеў
институтына табыс етиўди тапсырды. Антология колхоз
бригадири, ескише саўатлы дыйқан Қалбай аға Қурбанбаев деген
(ҳәзир де бар) яшулыда еди. Сол қолжазбаның Мақтымқулы бөлеги
Ашхабадта жоқарыда аталған институт архивине жиберилген, Егер
излениў жумыслары алып барылса, Қарақалпақстан бундай
қымбатлы олжаларды еле де табыўға болар еди демекшимиз.
* * *
Уллы шайырдың бул топламы ушын оның халыққа кең белгили
қосықларынан сайлап алып аўдарылды. Оларды түркменшеден
аўдарғанда қарақалпақ халқының Мақтымқулыны ерте заманнан
билетуғынлығы итибарға алынып, ески түркий поэтик сөз
структурасын мүмкин қадеринше сақлаўға ҳәрекет қылдық. Бул
әлбетте гөне заманның уллы сөз шебериниң өлмес мийрасын жаңа
дәўир қарақалпақларына жеткериў исин аңсатластырады деген
мәнини ҳасла аңлатпайды.
Солай етип, бул китапша туўысқан түркмен халқының уллы сөз
шебери, шайырлар данышпаны болған даңқлы бабамыз
Мақтымқулының жаңа замандағы торқалы тойына саўға,
қарақалпақ халқының уллы шайырға деген терең ҳүрмет—
муҳаббатының айқын бир көриниси болар деген үмиттемиз.
Бир
меҳәллерде
уллы
шайырдың
руҳын
яд
етип,
Мақтымқулының жолына жазылған бир қосық пенен бас сөзди
аяқлап, китапты ашсақ деймиз:
Әл ҳасыл малына базар таба алмай,
Сегбир тартқан кәрўанбысаң, несең сен?
Көкиректе шер болып сыртқа шыға алмай,
Босқа кеткен әрманбысаң, несең сен?
Селлер кутырмаса Әтиректе сайдан,
"Қут кашты" деп, геркез қашар ол жайдан.
Шабылмаған кылыш, мәртке зар майдан,
Сүрилмеген дәўранбысаң, несең сен?
Яшмақ тислеп, гүляқалар тағынып,
Ақ жүзине қара жаўлық жамылып,
Айралықтан баўыры оттай қамынып,
Зарлап кеткен жананбысаң, несең сен?
Зергерсиз зермисең, бағмансыз бостан,
Калемсиз көкирекке питилген дэстан,
Шөлде Ғариб Шасәнемге табысқан,
Гөззал көшки—әйўанбысаң, несең сен?
Устасы дүньяға бир келген ғалы,
Сатып ала билмес дүньяның малы,
Сәти түсип оннан турмай самалы,
Атылмаған қырманбысаң, несең сен?
Жети ықлым гилтин зейинге салып,
Гүл жапырағын хазан аязы қарып,
Жәҳиллик дәртине дәрман ақтарып,
Тапбай кеткен данамбысаң, несең сен?
Шадлы дәўран келип, гүллеп диярың,
Зер-зергерин тапты, кәрўан-базарын,
Жаңа әўладларға толып гүзарың,
Шешек атқан бостанбысаң, несең сен?
Ибрайым дер, шын шайырлық жолысаң,
Адам кеўлиниң сен солмас гүлисең,
Қосықтың қудайы Мақтымқулысаң.
Халқың менен қайта туўған шешенсең.
Ибрайым ЮСУПОВ,
Қарақалпақстан халық шайыры.
1. Ибрайым Юсупов аўдармасы
ДӘЎРАН ТАБЫЛМАС
Алғысты көп алған көгерер гүлдей,
Гүлдиң мәўсиминдей дәўран табылмас.
Ғарғысты көп алған үгилер күлдей,
Күл орнынан қайтып бостан табылмас.
Тән журтында ғамлы кеўил мүсәпир,
Жүрек дәртли, жаным көп тартқан жәбир,
Сүйенер мәрт излеп боларман себил,
Ығбалыма мәрди—майдан табылмас.
Кеўил қойып гөзле ҳақтың жолына,
Машқул болма "дүнья қуўмақ" ойынына.
Адамзат миймандур дүнья үйине,
Бир күн үй ишинде мийман табылмас...
Мақтымқулы тағдирине тән берди
Ҳәр ким көмешине күл тартты енди.
Жаман екен, аңламаса дәртиңди,
Жәҳиллик дәртине дәрман табылмас.
ТАСТЫ СЫНДЫРАР
Ығбалың оянса, дәўлет яр болса,
Таўға азыў урсаң, тасты сындырар.
Талайың терис келип, дәўлетиң тайса,
Гүриштиң усағы ҳәм тисти сындырар.
Суўға түс, көкке уш, бекип айналаң,
Әжелде ғалетлик бар деп ойламаң,
Санаўлы дем питип, толса пайманаң,
Қашқаштың пақалы басты сындырар.
Кулағың сал, ақылың ал билгенниң,
Ақыры ҳеш жерге бармас жалғанңың.
Өмири зыят болар алғыс алғанның,
Ғарғыс ҳеш мандытпас, жасты сындырар.
Ақылдың сөзине кеўил сүйинер,
Ақмақтың исине жаның түңилер,
Ҳийлекер кең жерде билгиш көринер,
Тар жерде ақылды—ҳуўышты сындырар.
Мақтымқулы, таўдур пәс көрген менен,
Ақыл питпес узақ жас берген менен.
Тар мәжилисте толы ас берген менен,
Нәпсин тыймас, ол ыдысты сындырар.
САЗЫНА ТУРМАС
Жоқсызлықта нешшелердиң дәўраны
Жатып жақсы көрген түсине турмас.
Мың сағал улыса жыйылып жәми,
Шердиң бир ақырған сесине турмас.
Бахылларға жүз сарғайтып қарама,
Аштан елсендағы ҳәргиз жолама.
Кул деп, жигитлердиң ҳаслын сорама,
Хожасы бар бәлки қулына турмас.
Адам бар ақылы ағладур шадан,
Шалар бар көрсеңиз халқынан надан.
Келбети келмеген, қулқы пәс адам
Перизаттың жалғыз назына турмас.
Басы мәжилиске кирмеген киси,
Бир ҳәм ышқы отында күймеген киси,
Саз-сәўбет ләззетин сүймеген киси,
Ҳөнерли жигиттиң сазына турмас.
Нешшелер мал таппас, кеўли пәс болар,
Нешшелер дәўранды сүрип мәс болар.
Нешшениң бир пуллық нырқы ҳеш болар,
Баҳасы жасаған жасына турмас.
Адамлар ишинде адам не қыйлы,
Жанға ҳазар берер адам жәҳили.
Адамлар бар: гелледеги ақылы
Кийген телпегиниң пулына турмас.
Жақсыдан шарапат, жаманнан—зыян,
Иззетинде болғыл жаксының мудам.
Сөз мәнисин билмес зейни пәс адам
Даналардың айтқан сөзине турмас.
Мақтымқулы, сөзиң билгенге сөздур,
Билмеген адамға мәзи ҳаўаздур.
Адам бар мың түмен жедирсең аздур,
Адам бардур жеген нанына турмас.
БОЛАРСАҢ
Бәлент таўлар, бийикпен деп буўсанба,
Ериген бир шанақ зердей боларсаң.
Терең дәрья, айбатыңа қуўанба,
Ўақтың жетсе, қара жердей боларсаң,
Пилер пешше болар,—жазмыш айыбы,
Шер, қаплан асқынса,—тышқан ойыны.
Нилдиң әйдарҳасы, Жәйҳун жайыны,
Қулағына урған малдай боларсаң.
Билгенимди айттым, сөз келген ўақта,
Заўал бар орынсыз урған таяқта,
Залымлар қор болып, қалар аяқта,
Ғарип, сен жылама, шердей боларсаң.
Жақсылар жанында жүргил сен өзиң,
Мәниси дүр болсын сөйлеген сөзиң.
Алымға уйысаң, ашылар көзиң,
Жәҳиллерге ерсең, гөрдей боларсаң.
Луқмандай қөп дәртке дәрман берсең де,
Рүстемдей дәўлерге пәрман берсең де,
Искендердей жердиң жүзин алсаң да,
Соңында ҳәммеге теңдей боларсаң.
Мақтымқулы, серле иши—тысыңды,
Жанын билип сарп ет болса асыңды.
Ақыллының қой жолына басыңды,
Ер изине ерсең, ердей боларсаң.
КЕТЕР
Адам улы, пәлек сениң
Бир күн тоның пишер кетер,
Жәллат киби урып қанжар,
Қанларыңды шашар кетер.
Гезбе жаҳанды мейил етип,
Бийҳүўда жерде сейил етип,
Алдын қонған, нәўбет жетип,
Көз ашқанша көшер кетер.
Өлгенсоң сени ким ядлар?
Себил қалар бедеў атләр.
Оны минген азаматлар,
Қара топырақ қушар кетер.
Бес күн өмир ғанийбетдур,
Соңы оның ақыбетдур.
Әжел бир ашшы шербетдур,
Ҳәр ким оннан ишер кетер.
Мақтымқулы, бу не жайдур?
Әжеп бир кәрўан сарайдур.
Дәўран бир долы ҳаялдур,
Бир күн сени қушар кетер...
МАЙДАН ЖОЛЫҚСА
Бедеў өлсе, майдан қалар әрманлы,
Ҳақ ышқында ат сал, майдан жолықса.
Жигит өлсе, дүнья қалар дәўранлы,
Ўақтыңды хош өткиз дәўран жолықса.
Жигитлер бар, сөзи келмес мәңгиге,
Жигитлер бар, тас ериген демине.
Узақ жол қартайтар қара көримде,
Ғош жигиттиң аты шабан жолықса.
Ойлағаны болмай, қайнап қаҳәри,
Ләбин тислеп, күйер, қурып мәдары.
Жигит тәнин жайлап жылан зәҳәри,
Қартаяр, алғаны жаман жолықса.
Жүз намәрт бир мәрттиң орнын туталмас,
Мәртлер елин ойлар, тыныш жаталмас,
Намәрт өз басынан арман өталмас,
Жаў келди деп қашар, думан жолықса.
Мақтымқулы, нәсият қыл сөз бенен,
Еситкен тең болмас көрген көз бенен,
Мәрт шығар мийманға күлер жүз бенен
Нәмәрт жасырынар мийман жолықса.
Достарыңызбен бөлісу: |